ГҮЗЛИК БИЙДАЙДЫҢ ЖАҢАДАН ЖАРАТЫЛҒАН «АҚМАНҒИТ» СОРТЫНЫҢ ЗҮРӘӘТЛИГИНЕ ЕГИС МҮДДЕТИНИҢ ТӘСИРИ.
Аннотация
ЎУК. 633.11:631.52(575.1) ГҮЗЛИК БИЙДАЙДЫҢ ЖАҢАДАН ЖАРАТЫЛҒАН «АҚМАНҒИТ» СОРТЫНЫҢ ЗҮРӘӘТЛИГИНЕ ЕГИС МҮДДЕТИНИҢ ТӘСИРИ. Абыллаев Уразбай. Дон ва шоли илмий ишлаб чиқариш бирлашмаси. Ғәлле егинлери селекциясы ҳәм туқымгершилиги лабораториясы баслығы. а.х.и.к. [email protected]. https://orcid/org/0009-0005-4466-7266 Абдуллаев Баҳадир Уразбаевич. Дән ҳәм салы илимий өндирислик бирлеспеси директорының өндирис бойынша орынбасары. [email protected] https://orcid/org/0009-0009-9400-7556 Мамбетназаров Тилепбай Орынбай улы. Қарақалпақстан аўыл хожалығы агротехнологиялары институты 1-курс магистранты. [email protected] Абыллаева Умида Уразбаевна. Дон ва шоли илмий ишлаб чиқариш бирлашмаси. Салы селекцияси ҳәм туқымгершилиги лабораториясы лаборанты. [email protected] https://doi.org/10.5281/zenodo.19239168 Аннотация. Бул илимий маҳалада гүзлик жумсақ бийдайдың жаңадан жаратылған жергиликли «Ақманғит» сортының ҳәр қыйлы мүддетлеринде азот элементи менен тәминлениў дәрежесиниң зүрәәтлиликке ҳәм дән сапасы кѳрсеткишлерине тәсири анализленип баҳаланады. Алынған нәтийжелер бойынша ең жоқары зүрәәтлилик 93,4 ц/га болып, 20. 09. егиў мүддетинде ҳәм 200 кг/га азот нормасындағы вариантта алынды. Егиў мүддети 10 – октябрге шекем кешиктирилгенде зүрәәтлилик 73,1 – 83,3 ц/га аралығында болып оптималь мүддетке салыстырғанда 10,1 – 19,3 ц/га ға кемейетуғынлығы анықланды. Жаңадан жаратылған жергиликли «Ақманғит» сортынан жоқары биологик потенциалынан толық пайдаланыў ушын оптимал егиў мүддети, азот элементи нормасы илмий тийкарда дәлилленген. Гилт сѳзлер: Гүзлик бийдай, «Ақманғит» сорты, вариантлар, егиў мүддетлери, азот нормасы, ѳсип раўажланыўы, туп санын, зүрәәтлилиги, ѳним сапасы, оптималь мүддет
Перевод пока недоступен